И.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейинде маринист-художник Рафаэл Теватросович Матевосянның туўылғанының 100 жыллығына бағышланған “Теңиз ҳәм адамлар” көргизбеси ашылды.

Художниктиң дөретиўшилигиниң тийкарынан Арал теңизи, балықшылар мәканы Мойнақ ҳәм оның халқы ҳаққындағы темаларына арналған.

Рафаэл Матевосянды тийкарынан өзбекстанлы десек болады: ол  1924-жылы 31-январьда Самарқандта туўылған. 1930-жылы шаңарағы Бакуге көшип кетеди. Ол жерде Рафаэл билим алды ҳәм иследи.  И.К.Aивазовскийдиң шығармалары оны таң қалдырды ҳәм теңиз саяхатлары туўралы үйренип, художник болыўға, 1951-жылы  Әзим Әзимзода атындағы Әзербайжан мәмлекетлик сүўретшилик билим журтына орта мектеплер ушын сүўрет ҳәм сызыў муғаллими сыпатында оқыўға кириўди мақсет етти.

Оқыўды тамамлағаннан соң Матевосян Әзербайжан театр жәмийетиниң көркемлеў ҳәм өндирислик устаханаларында художник болып иследи. 1962-жылы Арал теңизиниң Қазақстан тәрепинде жайласқан Арал қаласына бармақшы еди, бирақ тәғдир оны Қарақалпақстанға алып келди. Арал теңизи онда айрықша тәсир қалдырды. Соның ушын художник 1963-жылы Арал теңизине жақын болған өзине қәдирдан Нөкис қаласына көшип келеди. Кейин ала ол былай жазған: “Мәлим болыўынша бул жер мениң үйим, баспанам, мениң тәғдирим”. Балықшылар ҳәм олардың аўыр күнделикли турмысына тәзим еткен художник өзиниң “Балықшылар”, “Арал теңизинде”, “Балықшылардың күнделикли турмысы” картиналарында олардың мийнетиниң гөззаллығын ҳәм қаҳарманлығын сүўретлей алған.

Өмири даўамында ол экологиялық апатшылықтың гүўасы болған ҳәм сүйикли теңизиниң жоқ болыўын көрген. 1990-жыллардың ақыры ҳәм 2000-жыллардың басларында газеталарда мақалалар пайда болды, онда художник 1964-жылы теңиздиң қурыўының дәслепки белгилерин қандай көргенлигин сүўретлеп берди. Художник бириншилерден болып  Арал теңизиниң қурып баратырғанлығын (“Қумларда адасқанлар” (1986), “Қызыл пароходлар” (1986), “Жалғызлық” (1986), “Күтиў” триптихында сызған. (1989).

Рафаэл Теватросович Арал теңизин сақлап қалыў ушын экологиялық ҳәрекетте белсене қатнасты. Ол өзиниң картиналарында Арал машқаласы, мойнақлылардың аўыр турмысы туўралы сөз еткен бәлент даўыста айтқан. 1990-жыллардың ақыры ҳәм 2000-жыллардың басларында журналистлерге берген интервьюлеринде ол теңиздиң тиклениўине исенген ҳәм “Теңиздиң символы сыпатында чайкалардың қайтып келиўин” айтады.

“Экосан” халық аралық қайырқомлық жәмийетлик фондының жәрдеминде Ганновер қаласында болып өткен “Арал кеше ҳәм бүгин” көргизбесинде Арал апатшылығының көлеми ҳәм Арал теңизиниң экологиялық жағдайы көрсетилди. 15-жылдан аслам Нөкистеги өндирислик устахасында иследи. 1971-жылдан бурынға аўқам Художниклер аўқамының ағзасы. 1974-жылдан 1979-жылға шекем Қарақалпақстан Художниклер аўқамында жуўаплы хаткер  болып иследи. 1979-жылдан Ташкент қаласында жасап, дөретиўшилигин даўам етти. 2013-жылы қайтыс болджы. Өмири даўамында художник 300ге шамалас, соның ишинде 51 жеке, 10 халық аралық көргизбелерде қатнасты.  Мойнақлылар оны “Мойнақ қаласының ҳүрметли пуқарасы” деп ҳүрмет көрсеткен болса, 1978-жылы “Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери” ҳүрметли атағы берилди. Рафаэл Теватросович түрли медальлар, соның ишинде, 1994-жылы “Жасорат” медалы менен сыйлықланды.

Көргизбеде художниктиң мәмлекетимиз турмысының барлық дәўирин қамтып алған түрли жанрлардағы 36 жумысы орын алған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳәбибуллаевтың түсирген сүўретлери