Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов. Өзбекстан Республикасы Бажыхана комитети Бажыхана аудити басқармасының баслығы У.Қасимов ҳәм исбилерменлердиң жумысын қоллап-қуўатлаў басқармасының бас инспекторы аймағымызда инвестиция жойбарларын өзлестириўдиң жағдайы, азық-аўқат жойбарларын иске түсириўдеги машқалалар, “Бажыхана аймағында қайта ислеў” режимине жайластырылған товарларды экспортқа шығарыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм импорт етилген әспаб-үскенелерди иске түсириў бағдарындағы машқалаларды орынларда үйренип шықты.

Дәслеп Нөкис қаласындағы “KARAKALPAK BASALTWOOL” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде болып, базальт минералынан ыссылық сақлаўшы материаллар ислеп шығарыў процесслери менен танысты.

Улыўма баҳасы 52,8 миллион АҚШ долларына тең болған бул жойбар ушын жыл басынан берли  20,5 миллион долларлық сырт ел инвестициясы өзлестирилген. Жуўапкерлер тәрепинен келешекте 250 жергиликли адамды жумыс пенен тәмийинлейтуғын бул жойбардың өз ўақтында иске түсирилиўиндеги мәселелер додаланды.

Жумысшы топар ўәкиллери гезектеги мәнзиллерде “Mangit Polimer”, “Zavod xozagro”, “Ellikqal`a oltin tolasi klasteri”, “Nukus ssp texnopark” ҳәм  “Bunyodkor-meros” жуўапкершилиги шекленген жәмийетлериниң сырт ел инвестиция жойбарлары шеңберинде әмелге асырып атырған жумыслары ҳәм тартылған инвестициялар бойынша үйрениў жумысларын алып барды.

Сондай-ақ, қант өнимин “Бажыхана аймағында қайта ислеў” арқалы набат ислеп шығарыў, қоңсылас Қазақстанға реэкспорт етип атырған “Integrity Trade Enterprise” жуўапкершилиги шекленген жәмийети ҳәм Төрткүл районындағы “To’rtko’l Universal Ulgurji Savdo Bazasi” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң кондитер өнимлерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў жойбарлары үйренилип, кәрхана басшыларына мәмлекетимизде исбилерменлерге жараталыған шараятлар түсиндирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.