Тынышлық ең уллы байлығымыз есапланған қуяшлы елимизде түрли миллет ўәкиллери ана -Ўатанымыздың раўажланыўы жолында мийнет етип, аўызбиршиликте жасап келмекте. Ўатанды сүйип жасаў, ҳадал мийнет етип, бир-биреўге мийрим-шәпәәтли болыў сыяқлы инсаныйлық пазыйлетлер келешек әўладқа кишкенелигинен үйретилип, миллетлераралық татыўлық темасында орынларда бир қатар илажлар өткерилип келинбекте.
Нөкис районы “Төк таў” МПЖ аймағындағы 3-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде «Биз бир болсақ — бир халықпыз, бирлессек — Ўатанбыз!» сүрени тийкарында Мәнаўият фестивалы шеңберинде руўхый-ағартыўшылық ҳәм мәдений илаж болып өтти.
Мәнаўият фестивалы шеңберинде миллетлераралық татыўлық, бир жәмийетте жасап, бир мақсет жолында мийнет етиў, кеңпейил диярымызда жасларымызды Ўатанға муҳаббат, туўысқан миллет ҳәм халықларға ҳүрмет, мийрим-шәпәәт, дослық руўхында тәрбиялаў мақсетинде “Миллий тилеклеслик” жойбары шөлкемлестирилди.
Илажда билимлендириў шөлкеми тәрбияланыўшыларының атқарыўында түрли миллет ўәкиллериниң қосықлары ҳәм аяқ ойынлары шеберлик пенен атқарылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.