Парламент ҳәм жергиликли кеңеслердиң депутатларын сайлаў кампаниясына старт берилди

Бүгин Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының мәжилиси болып өтти. Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутатлары ҳәм жергиликли кеңеслердиң депутатларын сайлаўға байланыслы мәселе көрип шығылды.
Бизге белгили, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 128-статьясына муўапық Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңесине, ўәлаятлар, районлар, қалалар мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларына сайлаў тийислисинше олардың конституциялық кепиллик мүддети тамамланатуғын жылда- октябрь айының үшинши он күнлигиниң биринши екшембисинде өткериледи.

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 128-статьясына ҳәм Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 14, 36-статьяларына муўапық, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы менен жергиликли кеңеслердиң депутатларын сайлаў 2024-жыл 27-октябрь, екшемби күни өткериледи.

Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм Сайлаў кодексинде белгиленген мүддетлерден келип шығып, бүгиннен, яғный, 2024-жыл 26-июльден Өзбекстан Республикасы нызамшылық палатасы депутатлары ҳәм жергиликли кеңеслердиң депутатларын сайлаў бойынша сайлаў кампаниясына старт берилип, Календарь реже тастыйықланды.
2024-жыл 27-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси, Халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық кеңеслери, Халық депутлары районлық ҳәм қалалық кеңеслерине сайлаўлар болып өтеди.
ӨзА