Кеше Париж Олимпиадасында ерлер ҳәм ҳаял-қызлар арасында оқ жайдан атыў бойынша жеккелик беллесиўлери өз жуўмағына жетти.
Ҳаял-қызлар арасындағы өткерилген жарыста Өзбекстан сайланды командасының ағзасы Зиёдахон Абдусатторова 649 упай менен келеси басқышқа шығыўға миясар болды.
Ал, ерлер арасында өткерилген жарыста болса, мәмлекетимиз ўәкили Амирхон Содиқов 674 упай топлап, улыўмалық есапта 13-орынды ийеледи ҳәм 31-июль күни 1/32 финал басқышында аргентиналы Марио Дамианға қарсы беллесиўге түсетуғын болды.
Содиқовтың қарсыласы Дамиан болса, дәслепки таңлап алыў басқышында 643 упай топлап, 52-орынды ийелеўге ерискен.
Ерлер арасындағы ең жоқары нәтийже қубла кореялы Ким Вужинге тийисли болып, 686 упай топлаўға миясар болды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.