Ҳиндстанда Шоҳруҳ Ханның атқарыўында Бабур ҳаққында фильм алынды
892

Ҳиндстанда Заҳриддин Муҳаммед Бабурдың өмири ҳаққында кино алынды. Фильм «Бабур –Монгол императоры» деп аталады. Картинада тийкарғы роллерди белгили киножулдызлар Шоҳрух Хан, Ажай Девган, Айшвария Рай, Навазуддин Сиддиқий ҳәм Рандип Ҳуда, Амитабҳ Баччан, Фарида Жалол, Кунал Капур ҳәм Сону Суд атқарған.
Фильм сценарийси Бабурдың еслеўлери тийкарында дөретилген «Бабурнама» мемуар дөретпесине тийкарланған.
Атап өтилгениндей, фильмди сүўретке алыў жумыслары 2022-жылы басланған ҳәм ҳәзирги күнде пост-продюсерлик басқышында. Картина “Yash Raj Films” қәўендерлиги астында ислеп шығарылмақта. Фильм режиссёри Нитиш Тивар, продюсери болса Каран Жоҳар болып есапланады.
Картинаның үлкен экранларға шығыў сәнеси ҳәзирше жәрияланбаған.
ӨзА