Беруний районы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби ҳәм “Lider karate klub” басламасы менен каратэниң WKF түринен жарыс ҳәр жылы дәстүрий өткерилип келинбекте.
Жаслар арасында спортты кеңнен үгит-нәсиятлаў, усы арқалы саламат турмыс тәризине қаратылған жумыслар нәтийжесинде жаслар көплеген спорт түрлери менен турақлы шуғылланып келмекте. “Ҳәким алтын қамары” жарысында республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан, Бухара, Қашқадәрья ҳәм Хорезм ўәлаятларынан 300 спортшы қатнасып, алтын қамар ушын татамиде гүрес алып барды.
Қуўанышлысы, “Ҳәким алтын белбеўи”н Беруний районының спортшылары Дастанбек Ҳамраев ҳәм Муҳаммаджан Искандеров қолға киргизди. Буннан тысқары район спортшылары 12 алтын, 8 гүмис, 15 қола медалын жеңип алып, жарыстың баҳалы саўғаларына ийе болды.
Район ҳәкими И.Хидиров қатнасыўшыларды қутлықлап, оларға жақсы тилеклерин билдирди. Жарыс жуўмағында майдан ийелери биринши, Нөкис қаласы спортшылары екинши, Хийўа ҳәм Төрткүл районларының спортшылары үшинши орынларды ийеледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.