Өзсанаатқурылысбанк системасында қарыйдарларға хызмет көрсетиў ҳәм жумыс нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде жасалма интеллект технологияларын енгизиўге кирисилди.

Соңғы жылларда мәмлекетимизде илим ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологиялары революциясының тийкары болған жасалма интеллекттен пайдаланыўды кеңейтиўге үлкен итибар қаратылмақта.

Президентимиздиң 2021-жыл 17-февральдағы «Жасалма интеллект технологияларын жедел енгизиў ушын шараятлар жаратыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында бул бағдарда программалық өнимлер ислеп шығыў ҳәм енгизиў ушын ҳәр тәреплеме шараятлар жаратылды.

Актив санлы трансформация процесслери өтип атырған  Өзсанаатқурылысбанк системасында да жасалма интеллектти өзлестириў жумыслары баслап жиберилди.

Дәслепки басқышта бул технологияларды клиентлерге хызмет көрсетиў сапасын арттырыў ҳәм ишки процесслерди оптималластырыў мақсетинде қолланыўға кирисилди.

Жойбарға бола, жаңа программалық қураллар бизнес процесслерге, соның ишинде, қарыйдарлардың сораўларын көрип шығыўды автоматластырыў, банк өнимлери бойынша анық усыныслар бериў ҳәм олар менен қатнасықларды оптималластырыўға хызмет етеди. Сондай-ақ, бул механизм қарыйдарлардың талап-өтинишлерин тезлик пенен таллаў ҳәм оларға индивидуал хызмет көрсетиўди тәмийинлейди.

Улыўма, жасалма интеллект технологияларынан пайдаланыў банк бизнес процесслерин жақсылаў жолындағы және бир әҳмийетли қәдем ҳәм ол даўамлы болып есапланады.

ӨзА