Соңғы ўақытлары Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиў шеңберин кеңейтип бармақта.  Университет ректоры А.Реймов хызмет сапары менен Ферғана политехника институтында болды. Ол жерде институт  ректоры У.Саломов, институт админстрациясы ҳәм жәмәәти менен ушырасыў кешеси болып өтти.

Онда Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң оқыў ислери бойынша проректоры, илимий бөлим хызметкерлери, соның менен бирге физика ҳәм биология факультетиниң профессор-оқытыўшылары, факультет деканлары ҳәм кафедра баслықлары ZOOM  платформасы арқалы қатнасты.

Болып өткен ушырасыўда еки жоқары оқыў орынлары арасында билимлендириў, илим тараўлары, биргеликте илимий изертлеў жумысларын алып барыў, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 20-июнь күнги берилген тапсырмаларынан келип шығып, ондағы ўазыйпаларды орынлаўда бирге ислесиўге қаратылған илажларды әмелге асырыў мәселелери бойынша өз-ара пикир -усыныслар билдирилди.

Сондай-ақ, ушырасыў қатнасыўшылары Аралбойы аймағында қуяш ҳәм самал энергиясынан, суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша әмелге асырылыўы мүмкин болған илимий жойбарлар презентациясы менен де танысып, өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Ушырасыў соңында Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Ферғана политехника институты арасында өз-ара бирге ислесиў бойынша меморандумға қол қойылып, алдағы ўақытта усы бағдардағы жумысларды биргеликте әмелге асырыўға қаратылған илажлар бойынша жол картасы тастыйықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.