Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги делегациясы бүгинги күни Уллы Британия мәмлекетинде хызмет сапарында болып турыпты.

Республикамызда биринши мәрте, билимлендириў тараўында үлкен инновациялық жаңалық, улыўма орта билим бериў мектебинде халықаралық бирге ислесиў бағдарламасын енгизиў бойынша еки тәреплеме меморандумға қол қойылды.

Буннан гөзленген мақсет, Нөкис қаласы 46-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде халықаралық тән алынған Кембридж оқыў бағдарламасы тийкарында оқыў процесин жаңа оқыў жылынан баслап жолға қойыў болып табылады. Делегация ағзалары хызмет сапары даўамында Кембридж оқыў бағдарламасында оқытылып атырған мектеплер менен жақыннан таныспақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.