Усы жыл 24-июль күни Нөкис қаласында “Ideal Hotel” мийманханасының ашылыў мәресими болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа исбилерменлик объекти пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде исбилерменликти раўажландырыў, олардың жумысларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, инвестициялық тартымлылықты арттырыў бағдарында Президентимиздиң айрықша итибары менен бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырмақта. Бул бағдардағы жумысларды жаңа басқышқа алып шығыўда Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар тийкар болып хызмет етпекте. Атап айтқанда, 2025-жыл 1-августқа шекем Қарақалпақстанда дизимге алынып, лицензияға ийе болған туроператорларға транспорт қураллары импорт етилип атырғанда бажыхана бажысы ҳəм утилизация төлемин əмелдеги ставканың 25 проценти муғдарында 3 жыл мүддетке бөлип-бөлип төлеўге руқсат етиледи.

Улыўма баҳасы 5 миллиард сум, соннан, 3 миллиард сум банк кредити, 2 миллиард сум инициатор исбилерменниң қаржысы тийкарында жаңа объект пайдаланыўға тапсырылды. Бул жер бир ўақыттың өзинде 40 тан зыят мийманға хызмет көрсетиў имканиятына ийе. Ең баслысы 15 жаңа жумыс орны жаратылды.

Илаж қатнасыўшылары мийманханада жаратылған шараятлар менен танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.