Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-июль күни Бирлескен Араб Әмирлиги вице-президенти Шайх Мансур Ол Наҳаян менен телефон арқалы сөйлести.
Шайх Мансур Ол Наҳаян мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм үлкен табыслар тиледи. Сондай-ақ, БАӘ Президенти Шайх Мансур Ол Наҳаянның ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Тийкарғы бағдарларда әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери ҳәр тәреплеме көрип шығылды.
Өзбекстан менен БАӘ арасындағы көп тәреплемели қатнасықлар, бәринен бурын, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық тараўларда жедел раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Тығыз қарым-қатнасты даўам еттириў ҳәм болашақ жоқары дәрежедеги ушырасыўларға пухта таярлық көриў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
ӨзА