Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-июль күни Россия Федерациясы Федерал Мажлиси Федерациясы Кеңеси Баслығы Валентина Матвиенко менен телефон арқалы сөйлести.
Федерация Кеңеси Баслығы мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм мәмлекетшилик жумысында жаңа табыслар тиледи.
Еки мәмлекет парламентлериниң нәтийжели бирге ислесиўи Өзбекстан менен Россия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық байланысларын беккемлеўге хызмет етип атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
ӨзА