Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен 24-июль күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўинде Өзбекстан-Россия кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеў мәселелери додаланды.
Сәўбет алдынан Россия жетекшиси мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, беккем денсаўлық бахыт-ығбал ҳәм үлкен табыслар тиледи.
Россия Федерациясы Президентиниң усы жылы 26-28-май күнлери Өзбекстан Республикасына мәмлекетлик сапары даўамында ерисилген келисимлерди жүзеге шығарыўдың әмелий тәреплерине айрықша итибар қаратылды.
ӨзА