Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-июль күни Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен телефон арқалы сөйлести.

Қазақстан Президенти мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, туўысқан мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлар бүгинги стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық дәрежесине көтерилиўинде Өзбекстан жетекшисиниӊ үлкен жеке үлеси бар екенин атап өтти.

Әмелий бирге ислесиў жедел раўажланып баратырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Болажақ жоқары дәрежедеги еки тәреплеме илажларға таярлық көриў әҳмийетли екени атап өтилди.

Сондай-ақ, быйылғы жылдыӊ август айында Астана қаласында өткерилиўи режелестирилген регион мәмлекетлери басшыларыныӊ гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўы ҳәм «Орайлық Азия + Япония» саммитин өткериў мәселелери көрип шығылды.

ӨзА