Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-июль күни Қырғызстан Республикасы Президенти Садир Жапаров пенен телефон арқалы сәўбетлести.

Сәўбет алдында Қырғызстан Президенти мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен шын жүректен қутлықлап, беккем денсаўлық, Өзбекстан Республикасына тынышлық-татыўлық, турақлы раўажланыў тиледи.

Өзбекстан менен Қырғызстан арасындағы кең көлемли стратегиялық бирге ислесиў қатнасықларын және де тереңлестириў ҳәм кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Қырғызстан Президентиниң жақында Өзбекстанға мәмлекетлик сапары даўамында ерисилген келисимлер топламын, атап айтқанда, биргеликтеги «жол картасы» тийкарында өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў зәрүрлиги атап өтилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги