Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиӊ Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен 24-июль күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўинде Өзбекстан – Тәжикстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

Тәжикстан жетекшиси мәмлекетимиз басышысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық ҳәм шаӊарақлық бахыт-ығбал, дос Өзбекстан халқына болса тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Өзбекстан Президентиниӊ быйылғы жылы 18-19-апрель күнлери Тәжикстанға мәмлекетлик сапары даўамында ерисилген, бәринен бурын, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық тараўлардағы келисимлерди әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

ӨзА