Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы хызметкерлери ишки туризмди раўажландырыўға үлес қосыў мақсетинде Мойнақ районына саяхат етти.
Филиал жәмәәти Нөкис халық аралық аэропортынан жолаўшы рейс пенен Мойнаққа пәрўазды әмелге асырды. Дәслепки мәнзил ашық аспан астындағы кемелер музейи болды. “Кемелер қойымшылығы”на сапар даўамында бул жердеги кемелер көргизбеси менен танысты.
Районға келген көплеген саяхатшыларда айрықша тәсир қалдыратуғын бул жерден соң филиал жәмәәти өтмиш ҳәм тарийхты сәўлелендириўши Арал теңизи тарийхы музейинде болды. Музей хызметкерлери теңиздиң тарийхы ҳәм экспонатлар бойынша қызықлы мағлыўматлар берди. Саяхатшылар Арал теңизи туўралы ҳүжжетли фильмди тамаша етти.
-Мойнақ бойлап саяхатымыз даўамында бул жердеги дыққатқа ылайықлы орынлар менен таныстық,-дейди факультет деканы А.Қаниязов.-Қалаберсе, Нөкистен Мойнаққа дәслепки пәрўазды әмелге асырғанымыз бәршемизде унамлы тәсир қалдырды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.