Бүгин Қараөзек районы орайында район ҳәкимлиги, прокуратура, ишки ислер бөлими ҳәм Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими, Мәжбүрий орынлаў бюросының шөлкемлестириўи менен аймақтағы жумыссыз пуқаралар ушын гезектеги бос жумыс орынлары ярмаркасы болып өтти.
Ярмаркаға райондағы сектор басшылары, мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң баслықлары менен жумыссыз пуқаралар қатнасты.
Өткерилген ярмаркаға район аймағындағы мәкеме, кәрхана, шөлкемлер ҳәм исбилерменлер өзлеринде бар 57 бос жумыс орынлары менен қатнасты.
Онда 22 жумыссыз пуқараға Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими тәрепинен жумысқа орналасыўға жолламалар, 3 пуқараға мийнет қатнасықларына байланыслы ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.
Сондай-ақ, ярмаркада субсидия тийкарында 33-жумыссыз ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде, оларға тигиў машиналары менен басқа да ҳәр қыйлы түрдеги әсбап-үскенелер алып берилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.