Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасы Өзбекстан Республикасы Президенти хəм Ҳукимети тəрепинен исбилерменликти раўажландырыў, олардың хуқықлары менен мəплерин қорғаўды күшейтиў бойынша қабыл еткен пәрман ҳəм қарарларының орынланыўын тəмийинлеўге қаратылған Мəмлекетлик статистика комитетиниң комплексли илажлары режесине муўапық, өз жумысларын әмелге асырып келмекте.

Өзбекстан Республикасында хызметлер тараўын раўажландырыўдағы төмендеги баслы бағдарлар хəм ўазыйпалар сыпатында хызметлер тараўын раўажландырыў есабынан жалпы ишки өнимди көбейтиў, аўыллық жерлерде хызметлерди раўажландырыў, инженерлик-коммуникациялық, жол транспорт инфраструктурасын раўажландырыў, тармақларда заманагөй мәлимлеме-коммуникациялық технологияларды енгизиў есабынан хызметлер тараўын, қурамалы өзгерислерди жедел раўажландырыў ушын шараятлар жаратыў, бәсекилик орталығын қəлиплестириў, киши ҳəм жеке исбилерменлик субъектлерин раўажландырыўға көмеклесиў, ҳәр қыйлы инновациялық хызметлерди, жаңа байланыс қуралларын кеңейтиў сыяқлы ўазыйпалар белгиленген.

Халықтың телекоммуникация тармақларынан пайдаланыўда техникалық имканиятларын тəмийинлеў, сол тийкарда сапалы хызметлер көрсетиў, телефон байланысы хəм телевидениениң санлы системасына толық өтиў, байланыс ҳəм мәлимлемелестириўдиң республикадағы экономикалық үлесин көбейтиў, ең жаңа электрон, төлемли  технологияларды енгизген ҳалда финанслық хызметлерди раўажландырыў, денсаўлықты сақлаў тараўында жоқары технологиялық хызметлерди жəне де раўажландырыў да усылар қатарына киреди.

Республикамызда 2024-жыл январь-июнь айы жуўмағы менен көрсетилген жәми хызметлердиң көлеми 7 трлн. 179,1 млрд. сум болып, өсим пәти 2023-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 110,7 процентти  қурады.

Хызметлер көлеминдеги киши бизнес ҳəм жеке исбилерменлик субъектлериниң үлеси 52,5 процент болды.

Жыл басынан халықтың жан басына  3573,7 мың сумлық  хызметлер  көрсетилди.

Жәми көрсетилген хызметлер көлеминде үлкен үлести төмендеги хызмет түрлери қурайды:

1.     Транспорт хызметлери 1719,6 млрд. сум, үлеси 24,0 %

2.     Финанслық хызметлер 1688,7 млрд. сум, үлеси 23,5 %

3.     Саўда хызметлери 1479,9 млрд. сум, үлеси 20,6 %

4.     Билимлендириў тараўындағы  хызметлер 420,5 млрд. сум, үлеси 5,9 %

5.     Байланыс ҳәм мәлимлеме хызметлери 405,5 млрд. сум, үлеси 5,6 %

6.     Жеке хызметлер 296,9 млрд. сум, үлеси 4,1 %

7.     Басқа хызметлер 253,2 млрд. сум, үлеси 3,5 %

8.     Компьютерлерди оңлаў бойынша хызметлер 228,2 млрд. сум, үлеси 3,2 %

Усы көрсеткишлер хызметлер тараўыныӊ экономикадағы тутқан орнының оғада әҳмийетли екенлигин көрсетип турыпты.

Бахтияр Тажибеков,

Қарақалпақстан Республикасы  статистика басқармасы  

Хызметлер тараўы статистикасы бөлиминиң  баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.