Сыртқы ислер министрлиги мәлимлеме хызметиниӊ хабарына бола, 2024-жылдыӊ 22-июль күни Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Вьетнам Сыртқы ислер министри Бий Тхан Шон менен телефон арқалы сөйлести.

Бахтиёр Саидов Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиӊ атынан Вьетнам Коммунистлик партиясы Орайлық комитети Бас хаткери Нгуйен Фу Чонгныӊ қайтыс болыўы мүнәсибети менен және бир мәрте тереӊ кеўил билдирди.

Еки тәреплеме байланысларды байытыў, жедел бирге ислесиўди раўажландырыў, барлық тараўларда жаӊа байланыстырыўшы көпирлерди қурыў ушын мәмлекетлеримиз пайдаланыўы мүмкин болған көплеген имканиятлар бар екени атап өтилди.

Болажақ жоқары дәрежедеги алмасыўлар, экономикалық ҳәм инвестициялық байланысларды жеделлестириў мәселелери додаланды. Өзбекстан ҳәм Вьетнам Сыртқы ислер министрликлери арасында орнатылған тығыз бирге ислесиў жоқары қәдирленетуғыны атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги