Өзбекстан ҳәм Қазақстан: Судьялар  жоқары кеңеслери арасындағы бирге ислесиў меморандумына қол қойылды

553

Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңеси ҳәм Қазақстан Республикасы Судьялар жоқары кеңеси  арасында  өз-ара бирге ислесиў хаққындағы меморандумға қол қойылды.

Бул ҳүжжетте дослық қатнасықлар ҳәм бирге ислесиўди және де тереңлестириў нәзерде тутылған. Соның ишинде, судьялардың еркинлиги  ҳәм қол қатылмаслығын жетилистириў, судья кадрларды таярлаў бойынша улыўма жумысқа тийисли оқыў бағдарламаларын әмелге асырыў, биргеликтеги изертлеўлер өткериў, тәжирийбелер ҳәм мәлимлеме алмасыў, семинар ҳәм форумлар шөлкемлестириў, басқа да бир қатар мәселелер қамтып алынған.

Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңесинде Қазақстан Республикасы Судьялар жоқары кеңеси делегациясы менен ушырасыўда еки туўысқан мәмлекет арасындағы байланысларды жедел раўажландырыў барлық жумыс тараўларында өз көринисин тапқаны атап өтилди.

Мийманларға мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған суд-ҳуқық реформалары, атап айтқанда, профессионал судьялар корпусын қәлиплестириў, судьялық лаўазымына талабанларды таярлаў, оларды танлаў ҳәм лаўазымға тайынлаў бойынша енгизилгени ашық система, олардың ҳуқықый тийкарлары ҳәм әмелий нәтижелери ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилди.

Судьялардың жумыс нәтийжелилигин электрон рейтинг баҳалаў системасы, оның критериялары, кеңес жанындағы Судьялар клубы, әсиресе, клуб электрон платформасының судьялардың жумыс нәтийжелилигин және де арттырыўдағы әҳмийети ҳәм абзаллықлары оларда үлкен тәсирлер қалдырды.

Дослық ҳәм конструктивлик руўхта өткен ушырасыўда мийманлар жақында ғана Қазақстан Әдил судлаў академиясы бул мәмлекеттиң Жоқары суды қурамынан Судьялар жоқары кеңеси юрисдикциясына өткерилгенин мәлим етип, Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңеси жанындағы Судьялар жоқары мектебиниң жумысы, атап айтқанда, судьялық лаўазымларына талабанларды таярлаў бойынша тәжирийбелери менен өз-ара жақыннан танысып, үлкен қызығыўшылық билдирди. Бул бағдарлама өз-ара бирге ислесиўдиң перспективасында тийкарғы әҳмийетли орын ийелейтуғыны айрықша атап өтилди.

ӨзА