Президент Шавкат Мирзиёевқа ғалабалық спорт ҳәм олимпиада ҳәрекетин кеӊейтиўге байланыслы жумыслар бойынша мәлимлеме берилди.

Халықтыӊ саламатлығын беккемлеў, саламат әўладты тәрбиялаўдыӊ әҳмийетли факторы сыпатында мәмлекетимизде спорт кеӊнен раўажланбақта. Буныӊ ушын стадионлар, шынығыў заллары, “workout” майданшалары, жуўырыў коридорлары, спорт  мектеплери ҳәм комплекслерден ибарат үлкен инфраструктура бар.

Мәҳәллелердеги саламат орталық, аймақлық беллесиўлер, “Бес баслама олимпиадасы” тәсиринде спортқа қызығыўшылардыӊ саны кеӊейип бармақта. Соныӊ менен бирге, жаслардыӊ арасынан қәбилетлилери сайлап алынып, шебер профессионал спортшылар таярланбақта.

“Өзбекстан – 2030” стратегиясын “Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы”нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламада бул тараў бойынша да көплеген ўазыйпалар белгиленген. Оған муўапық, улыўма билимлендириў мәкемелери басланғыш спорт үскенелери менен тәмийинленди. Мәҳәллелердеги стадионлар ҳәм басқа спорт майданшаларынан пайдаланыў ўақты созылды. 10 миллион халықты ғалабалық спортқа тартыў мақсетинде орынларда футбол, волейбол, стол тенниси, шахмат, жеӊил атлетика, гүрес сыяқлы спорт түрлери бойынша бес басқышлы беллесиўлер өткерилмекте.

Аймақларда спорт пенен шуғылланыў ушын шараятларды кеӊейтиў, селекция процесслерин санластырыў, алдынғы тәжирийбелерди өзлестириў бағдарындағы жумыслар да атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысына XXXIII жазғы Олимпиада ойынларына таярлық бойынша да мәлимлеме берилди.

Бизге белгили, бул абырайлы беллесиў 26-июль – 11-август күнлери Францияныӊ пайтахты Париж қаласында болып өтеди. Онда 206 мәмлекеттен 10 мыӊнан аслам спортшы қатнасады.

Өзбекстаннан 19 спорт түри бойынша жәми 90 спортшы қатнасады. Әҳмийетлиси, дәстүрий спорт түрлеринен тысқары быйыл дәслепки мәрте футбол, суўға секириў, оқжайдан оқ атыў, ҳаял-қызлар гүреси бойынша да жолламалар алынған. Қалаберди, быйылғы олимпиадашыларымыздыӊ 36 процентин ҳаял-қызлар қурамақта.

Сайланды командамыз усы абырайлы беллесиўге жоқары дәрежеде таярлық көрди. Ҳәр бир спортшы бойынша индивидуал стратегия қабыл етилип, олардыӊ сайлап алыў беллесиўлерине, жергиликли ҳәм сырт ел оқыў-шынығыўларына қатнасыўы тәмийинленди. 15 олшимпиада ҳәм паралимпиада орайында ҳәм ўәлаятлардағы спорт базаларында таярлық ушын зәрүр шараятлар жаратылды. Сондай-ақ, спортшылар турақлы тереӊлестирилген медициналық тексериўден өткерилип, медициналық-биологиялық тәмийнат ҳәм фармакология бағдарларында системалы илажлар көрилди.

Мәмлекетимиз басшысы Олимпиада ойынларында спортшыларымызға табыслар тиледи. Жуўапкерлерге талантлы жасларды сайлап ҳәм қоллап-қуўатлаў, миллий сайланды командалар ушын сапалы резерв қәлиплестирип барыў бойынша көрсетпелер берилди.

ӨзА

–0–