«KEGEYLI TEX GROUP» ҳәм «ИДЕАКОМ» ЖШЖ 2 миллион  долларлық шәртнама дүзди

418

Хабарыӊыз бар, усы жылдыӊ 13-14-июль күнлери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ  Баслығы Аманбай Орынбаевтың басшылығында исбилерменлер делегациясы Башқуртстан Республикасыныӊ Уфа қаласында бизнес сапарында болып, Башқуртстанлы исбилерменлер менен бирге ислесиў бойынша сѳйлесиўлер алып барған еди.

Шѳлкемлестирилген бизнес илажлар даўамында Башқуртстанлы исбилерменлер Қарақалпақстанда жетистирилген ҳәм ислеп шығарылған ѳнимлерге айрықша қызығыўшылық билдирди.

– Еӊ итибарлысы, Кегейли районында жумыс алып барыўшы, Ѳзбекстан Саўда-санаат палатасыныӊ белсенди ағзасы – «KEGEYLI TEX GROUP» ЖШЖ  Башқурстанның Уфа қаласында жайласқан  «ИДЕАКОМ» ЖШЖ менен бирге ислесиў бойынша жәми 2 миллион АҚШ долларлық шәртнама дүзиўге еристи,-дейди Ѳзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети баслығы Б.Худайназарова.

Исбилерменлердиӊ сырт елли кәрханалар менен шериклик байланысларын орнатыўы елимиз экономикасыныӊ буннан былай да раўажланыўына тиккелей ѳз үлесин қосады.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги.