Төрткүл районы ҳәкимлиги, прокуратурасы, Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти ҳәм Мәжбүрий орынлаў бюросының басламасы менен бос жумыс орынлары ярмаркасы өткерилди.

Быйылғы “Жаслар ҳәм биснести қоллап-қуўатлаў жылы” мүнәсибети менен Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлиминде өткерилген ярмаркада потенциаллы жумыс бериўшилер менен ушырасыў шөлкемлестирилди. Онда исбилерменлер, өнерментлер ҳәм жумыс бериўшилер өзлериндеги бос жумыс орынларын рәсмийлестириў, хызметкерлер менен мийнет шәртнамаларын дүзиў ҳәм мийнет қатнасықларына байланыслы басқа да мағлыўматлар берилди. Соның менен бирге илажда жеке секторда бос жумыс орынларының санын көбейтиў ҳәм бар жумыс орынларын легалластырыў мәселелери көрип шығылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.