Өзбекстан Республикасы Президентиниң бийлиги

Раўажланып атырған экономика тармақлары ҳәм тараўларында талап жоқары болған бакалавриат билимлендириў бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери бойынша жоқары мағлыўматлы кадрларды таярлаўды тәмийинлеў, жоқары билимлендириў шөлкемлеринде жаслардың сапалы билим алыў имканиятларын кеңейтиў, сондай-ақ, кадрлар таярлаўды тармақ, аймақ, ҳәм мақсетли инвестиция жойбарларына мәнзилли бағдарлаў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 24-майдағы “Жоқары билимлендириў шөлкемлерине оқыўға қабыллаў ҳәм мәмлекетлик буйыртпаны жайластырыў системасын жетилистириў ҳаққында”ғы ПФ-81 – санлы бийлигине муўапық:

мәмлекетлик буйыртпа  параметрлерин бакалавриат билимлендириў бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери бойынша күндизги билимлендириў түринде тастыйықлаў тәртиби енгизилгени;

мәмлекетлик буйыртпа бойынша квоталарды бөлистириў инженерлик, медицина, анық ҳәм тәбийғый пәнлер  билим тараўларына үстинлик берилгенлиги;

Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелери ушын орнатылған тәртип ҳәм шәртлер бойынша студентлерди қабыллаўды әмелге асырыўшы мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкемлерине мәмлекетлик буйыртпаның бөлистириўинде қатнасыўға рухсат етилгенлиги;

2024-2025-оқыў жылынан баслап мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыллаў бойынша имтиханлар “алдын тест, соң танлаў” принципине муўапық өткерилиўи белгиленлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. 2024-2025- оқыў жылы ушын мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпа параметрлери:

бакалаврларды  таярлаў бойынша күндизги билимлендириў түрине 34 838 етип, 1-қосымшаға муўапық;

магистрлерди таярлаў бойынша  -9 365 етип, 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги төмендегилерди Өзбекстан Республикасы билимлендириў шөлкемлерине қабыллаў бойынша мәмлекетлик комиссияға (кейинги орынларда- Мәмлекетлик комиссия) усыныс етсин.

а) үш күн мүддетте:

мәмлекетлик буйыртпаның бөлистириўинде қатнасыў тилегин билдирген ҳәм студентлерди қабыллаўды мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелери ушын орнатылған тәртип ҳәм шәртлерде әмелге асырыўшы мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкемлериниң дизимин;

мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм мәмлекетлик буйыртпаның бөлистириўинде қатнасыўшы мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкемлериниң усынысларына тийкарланып 2024-2025- оқыў жылы ушын жоқары билимлендириў мәкемелери, билимлендириў түрлери ҳәм билимлендириў тиллери кесиминдеги улыўма қабыллаў параметрлери бойынша усынысларды;

б) бир ҳәпте мүддетте:

республикада жумыс алып барып атырған сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлери ҳәм олардың филиаллары ҳәм мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкемлерине ажыратылған 1200 мәмлекетлик гранттың бөлистириўи бойынша усынысларды;

Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети менен биргеликте ҳаял-қызлар ушын ажыратылған  2000 мәмлекетлик  гранттың  бөлистириў бойынша усынысларды;

Өзбек тили ҳәм әдебияты, тарийх, мәденият, көркем өнер ҳәм өнерментшилик бағдарларында оқыў тилегин билдирген , сырт елде жасап атырған жас ўатанласлар ушын 30 мәмлекетлик грант бойынша усынысларды.

  1. Мәмлекетлик комиссия бир ҳәпте мүддетте 2024-2025- оқыў жылы ушын:

а) бакалавриат билимлендириў бағдарына қабыллаў бойынша:

жоқары билимлендириў мәкемелери, билимлендириў түрлери ҳәм билимлендириў тиллери кесиминдеги улыўма қабыллаў параметрлерин;

жеңилликке ийе абитуриентлер ушын қосымша қабыллаў параметрлерин;

тийисли бакалавриат тәлим бағдарларының алдыңғы оқыў жылындағы орташа өтиў балларын есапқа алған ҳалда мәмлекетлик грант ҳәм төлемли-контракт тийкарда оқыўға қабыллаўдың минимал өтиў баллын;

аймақлар, тараўлар ҳәм тармақлардың жоқары мағлыўматлы кадрларға болған талабын тәмийинлеў ушын мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, устав фондында (устав капиталында) мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан аслам болған хожалық жәмийетлери буйыртпаларына муўапық, улыўма мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў параметрлери шеңберинде мақсетли қабыллаў квоталарын ҳәм бул квоталардың район (қала)лар кесиминдеги бөлистирилиўин;

ҳәр бир бакалавриат тәлим бағдары бойынша жоқары билимлендириў шөлкеминиң улыўма қабыллаў параметрине байланыслы мәмлекетлик грант квотасының үлесин билимлендириў тараўлары (бакалавриат тәлим бағдарлары) кесиминде;

б) магистратура қәнигеликлери бойынша қабыллаў параметрлерин мәмлекетлик грант ҳәм төлемли-контрактқа ажыратқан ҳалда жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм тиллер кесиминде тастыйықласын.

  1. Мәмлекетлик жоқары билимлендирў мәкемелерине кириўде топлаған баллына байланыслы белгили муғдарда қосымша балл берилетуғын усылдағы жеңиллике ийе абитуриентлер 2024-2025-оқыў жылында таңлаған билимлендириў бағдары бойынша белгиленген өтиў баллы ҳәм оннан жоқары балл топлаған болса, топлаған баллына сай түрде мәмлекетлик грант яки төлемли-контракт тийкарында қосымша квота менен студентликке усыныс етилетуғынлығы белгиленсин.
  2. Усы бийликтиң орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри К.А. Шарипов белгиленсин.

Бийликтиң орынланыўын қадағалаў  Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н. Арипов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясы Социаллық раўажланыў департаменти басшысы О.К.Абдурахмановқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2024-жыл 19-июль