Қәдирли ўатанласлар!
Ҳүрметли Ферғана халқы!
Бәринен бурын, сиз, әзизлерди «Алтын ойпатлық» дүрданасы болған Ферғана қаласында бой тиклеген комплекс – «Жаңа Өзбекстан» бағының ашылыўы менен шын жүрегимнен қутлықлайман.
Әлбетте, Жаңа Өзбекстанымыздың және бир көриниси болған мине, усындай гөззал ҳәм бийтәкирар бағдың қурылыўы ҳаққында сөз жүриткенде, сизлер менен 2021-жылы 28-сентябрьде Президент сайлаўы алдынан болып өткен ушырасыўымызды еске алыўымыз тәбийғый. Сол ўақытта Ферғана қаласында 300 гектар майданда Экоқала ҳәм «Жаңа Өзбекстан бағы»ын қурыў ҳаққында келисип алған едик.
Өткен дәўир даўамында бул үлкен жойбарды әмелге асырыў мәселесин сиз, әзизлер менен биргеликте және бир неше мәртебе талқылап, пикир алысқан едик. Күни кеше усы аймақта бәршемиз әрман еткен, заманагөй қолайлықларға ийе болған «Жаңа Өзбекстан» бағы қурып питкерилгенин көрип, жүдә қуўандым.
Бул дем алыў бағы миллий дәстүрлеримиз ҳәм дүньядағы алдыңғы бағлар стандартларына сәйкес ҳалда, жоқары талаплар тийкарында қурылғанын айрықша атап өтиўди қәлер едим.
Жанажан Өзбекстанымыздың жарқын тымсалларынан бири сыпатында бой тиклеген бундай пайызлы ҳәм саўатлы орын бәршемизге мүбәрек болсын!
Әзиз дослар!
Сизлерге жақсы белгили, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған барлық өзгерис ҳәм реформаларымыз негизинде инсан қәдирин жоқарылатыўдай уллы мақсет жәмлескен.
Бүгин сизлер менен биргеликте Ферғана диярында усы ийгиликли мақсет жолында және бир үлкен әмелий қәдем қойдық, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.
Шынында да, 70 гектар майданды ийелеген, өзиниң бийтәкирар көриниси, өзгеше саяманлы тереклери, заманагөй дем алыў инфраструктурасы пенен мәмлекетимизде айрықша орын ийелейтуғын бул үлкен дем алыў бағын айланар екенбиз, ол усы журттың ийеси болған жерлеслеримиз ушын, олардың бахыт ығбалы ушын хызмет ететуғын әжайып ҳәм гөззал орын сыпатында қурылғанына исеним пайда етемиз.
Әсиресе, бул жасыл мәканның 65 мың халық ушын мөлшерленген «Жаңа Өзбекстан» турақ жай массиви аймағында қурылғаны оның социаллық әҳмийетин және де арттырады. Кекселерден баслап жаслар, барлық қала халқы, мийманлар ҳәм туристлер бул жерде кеўилли дем алыўы, тәбият пенен дос болып, бул диярдың таза ҳаўасынан дем алыў ушын барлық шараятлар жаратылғаны дыққатқа ылайық болып есапланады.
Бағ аймағында 55 километр ирригация тармақлары, 11 суўғарыў қудықлары, 16 километрден аслам узынлықтағы канал қурылғаны, бул жерди 32 мың түп пута ҳәм саяманлы тереклер безеп турғаны, әзиз балаларымыз ушын онлаған заманагөй аттракционлар қурылғаны да бул пикирди айқын дәлиллейди.
Кеше мен бағ аймағында Өзбекстан Қаҳарманы, халқымыздың ардақлы перзенти, рахметли Лолахон Муратова атындағы аўыл хожалығына қәнигелестирилген кәсип-өнер мектеби ушын қурылған жаңа имарат пенен де таныстым.
Исенимим кәмил, бул билим мәканынан келешекте Лолахон апаның көплеген избасарлары жетисип шығады.
Бул жердеги және бир әҳмийетли мәдений қурылыс – 4 мың тамашагөйге мөлшерленген заманагөй амфитеатрға айрықша тоқтап өтпекшимен.
Бәршемизге белгили, Ферғана – уллы көркем өнер ғайраткерлери ҳәм дөретиўшилер мәмлекети. Бул гөззал жерден жетилисип шыққан Ҳалима Носирова, Мукаррама Турғунбоева, Саодат Қобулова, Тамарахоним, Маъмуржон Узоқов, Жўрахон Султонов, Таваккал Қодиров, Муроджон Аҳмедов сыяқлы ел сүйген белгили көркем өнер шеберлери, Өзбекстан Қаҳарманы, халық шайыры Эркин Воҳидов, сондай-ақ, Йўлдош Сулаймон, Охунжон Ҳакимов, Анвар Обиджон, Энахон Сиддиқова сыяқлы сезимтал шайыр ҳәм жазыўшылар халқымыздың мақтанышы есапланады.
Бүгин мине усындай пайызлы мәканда әне, усындай уллы инсанлардың руўхы шад болмақта, десек, алжаспаған боламыз.
Бул амфитеатр сахнасы Ферғана ойпатлығының, атап айтқанда, мақам ҳәм аския сыяқлы сийрек ушырасатуғын көркем өнер дәстүрлерин даўам еттиретуғын қәбилетли жасларымыз ушын айрықша дөретиўшилик пәрўаз майданына айланады, олар өзлериниң жаңадан-жаңа шығармалары менен халқымызды шад етип, миллий мәдениятымыздың раўажланыўына мүнәсип үлес қосады, деп исенемен.
Пурсаттан пайдаланып, жанажан Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 33 жыллық байрамы қарсаңында Ферғана халқына, пүткил халқымызға мине, усындай мүнәсип саўға таярлаған қолы гүл қурылысшы ҳәм қәнигелерге, архитектор ҳәм бағманларға, жуўапкер басшыларға, бул ийгиликли иске үлес қосқан барлық заманласларымызға шын жүрегимнен миннетдаршылық билдиремен.
Ферғана елиниң мине, усындай саўаплы ислери және де көбейсин, халқымыздың барлық ийгиликли арзыў-нийетлери әмелге ассын!
Бул әжайып ҳәм бийтәкирар орын бәршемизге және бир мәрте мүбәрек болсын!
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти