Өзбекстан сайланды командасы 65-Халықаралық математика олимпиадасында 2 гүмис, 3 қола медальларын қолға киргизди. Бул ҳаққында Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги хабар берди.

Атап өтилиўинше, бул олимпиадада дүньяның 110 мәмлекетинен 600 ден аслам қәбилетли жаслар қатнасты.

Медаль ийелери:

Озобек Ахтамов – Муҳаммед аль-Хорезмий атындағы қәнигелестирилген мектептиң 10-класс оқыўшысы — қола медаль,

Расулбек Ғаффаров – Муҳаммед аль-Хорезмий атындағы қәнигелестирилген мектептиң 9-класс оқыўшысы — қола медаль,

Мадина Суюнова — Қашқадәрья ўәлаяты Китаб районындағы 96-мектептиң 11-класс оқыўшысы — қола медаль,

Элбек Зоҳиджонов — Муҳаммед аль-Хорезмий атындағы қәнигелестирилген мектептиң 9-класс оқыўшысы — гүмис медаль,

Тўлқин Жайловов – Қашқадәрья ўәлаяты Қаршы қаласындағы 1-санлы қәнигелестирилген мектеп интернатының 9-класс оқыўшысы — гүмис медальды қолға киргизди.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги