Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўи бойынша Қырғызстан Республикасы Президенти Садир Жапаров 18-19-июль күнлери мәмлекетлик сапар менен елимизде болды.

Ташкентте өткен жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерде еки дос мәмлекет халықлары мәпине хызмет ететуғын көплеген келисимлерге ерисилди. Мәмлекет басшылары кең көлемли стратегиялық бирге ислесиў қатнасықларын және де тереңлестириў ҳәм кеңейтиў ҳаққында Биргеликтеги билдириўге қол қойды. Улыўма, сапар даўамында 16 ҳүжжетке қол қойылды. Энергетика, автомобиль қурылысы ҳәм тоқымашылық санаатында үлкен биргеликтеги жойбарларға старт берилди.

Өзбекстан ҳәм Қырғызстан жетекшилериниң қызғын сөйлесиўи 19-июль күни Хорезмде даўам етти.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев ҳәм Қырғызстан Президенти Садир Жапаров еки мәмлекет биринши ханымлары менен биргеликте дәслеп Хийўа қаласындағы Ичан қала комплекси ҳәм Нуриллабай сарай комплексине барды.

Хийўа қаласы 1990-жылы ЮНЕСКОның Жәҳән мийрасы дизимине киргизилген, 1997-жылы оның 2500 жыллығы белгиленген. Қала 2020-жылы Түркий дүньяның мәдений пайтахты, 2024-жылы болса Ислам дүньясының туризм пайтахты болды.

«Ашық аспан астындағы музей» сыпатында танылған Хийўа бир пүтин естелик сыпатында Орайлық Азияда сақланып қалған бирден-бир қала есапланады. Бул жерде 120 дан аслам архитектуралық естеликлер жайласқан.

Жоқары мәртебели мийманлар танысыўын «Ота дәрўаза»дан баслап, сийрек ушырасатуғын «Кўҳна арк» комплекси, Шерғазыхан медресеси, Жума мешити, «Тошҳовли» комплекси ҳәм басқа естеликлер менен танысты.

Мийманлар ҳүрметине өзбек халық қосықлары жаңлап, театрластырылған тамаша қойып берилди.

Буннан кейин Нуриллабай сарайына барды.

Сарай-бағ комплекси XX әсир басларында қурылған. Комплекс медресе, 100 ден аслам ханалар, галереялардан ибарат. Сарай ханаларын безеўде хийўалы шебер усталар менен бирге сырт елли художник-декораторлар да қатнасқан, олар сарайдың шығысқа тән келбетине Европаның модерн усылын сиңдирген.

Хийўа тарийхы ҳәм оның илим раўажланыўына қосқан үлеси, сондай-ақ, аймақтың бай мәденияты ҳәм көркем өнери ҳаққындағы гүрриңлер қырғызстанлы мийманларда үлкен тәсир қалдырды.

Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Президент Садир Жапаров «Хийўа гилемлери» комбинатында болды.

2020-жылы шөлкемлестирилген бул кәрханада жылына 4,2 миллион квадрат метр гилем ҳәм гилем өнимлери ислеп шығарылып, Қытай, Россия, АҚШ, Қазақстан ҳәм ҒМДАның басқа мәмлекетлерине экспорт етилмекте.

Европаның жетекши мәмлекетлери технологиясы менен безелген заманагөй комбинатта бүгинги күнде 750 адам мийнет етпекте.

Президентлер кәрхананың өндирис процеси ҳәм шоурумын, сондай-ақ, комбинат аймағында шөлкемлестирлген «Made in Uzbekistan» бренди астындағы санаат өнимлери көргизбесин көзден өткерди.

Тийисли министрлик ҳәм уйымларға өз-ара тәжрийбе алмасыў, кооперация ҳәм саўданы раўажландырыў бойынша көрсетпелер берилди.

Сапар илажлары жуўмақланғаннан кейин, Президент Шавкат Мирзиёев өмирлик жолдасы менен Үргенш халықаралық аэропортында Президент Садир Жапаров ҳәм оның өмирлик жолдасын шығарып салды.

ӨзА

–0–