Мәмлекетимиз басшысы өз хатында соӊғы жыллары Өзбекстанныӊ Европа Аўқамы менен кеӊ көлемли қатнасықларын сапа ҳәм мазмун жағынан толық жаӊа басқышқа көтериўде, мәмлекетимиздеги артқа қайтпайтуғын түрге енген демократиялық ҳәм экономикалық-социаллық реформаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўда Еврокомиссия Президентиниӊ үлкен жеке үлеси бар екенин айрықша атап өтти.
Биргеликтеги ис-ҳәрекетлер менен бирге ислесиў барлық әҳмийетли бағдарларда және де жоқары басқышқа көтерилетуғынына исеним билдирилди.
Өзбекстан Европа Аўқамы менен қатнасықларда толық жаӊа бет ашатуғын Кеӊейтилген бирге ислесиў ҳәм шериклик ҳаққындағы келисимге тез арада қол қойыў тәрепдары екени атап өтилди.
“Жақын келешекте Самарқанд қаласында биринши “Орайлық Азия – Европа Аўқамы” саммитиниӊ өткерилиўи регионаллық байланысларымызды пайдалы жойбарлар ҳәм бағдарламалар менен байытыў жолында әҳмийетли әмелий қәдем болатуғынына исенемен”, – делинеди Президентимиздиӊ хатында.
ӨзА