Инженерлик тараўларында кадрлар таярлаў мәселелерин шешиў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли

Президент Шавкат Мирзиёев 20-июнь күни пайтахтымыздыӊ Алмазар районындағы “Inno” инновациялық оқыў-өндирисликтехнопаркиниӊ жумысы менен танысты, инженерлик тараўларында кадрлар таярлаў ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниӊ жумысын және де жетилистириў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилисин өткерди.
“Inno” инновациялық технопарки үш жыл алдын қурылған. Бул жерде санаат тараўларын раўажландырыў ушын инновациялық идея ҳәм ойлап табыўлар ислеп шығылады. Жасларды заманагөй кәсиплерге үйретиў мақсетинде жоқары билимлендириў мәкемелери менен бирге ислесиў жолға қойылған. Ҳәр жылы 15 мыӊға шамалас студент ҳәм оқыўшылардыӊ қатнасыўында семинар, әмелий сабақлар шөлкемлестирилген.
Мәмлекетимизде бундай инновациялық орайлар көбейип бармақта. Санаат, энергетика ҳәм мәлимлеме технологиялары раўажланып, жаӊадан-жаӊа комплекслер иске қосылмақта. Олар ушын заманагөй билим ҳәм маманлыққа ийе инженер ҳәм техниклер керек.
Усы жерде Ташкент мәмлекетлик техника университети, Бухара инженерлик-технология институты, Ташкент мәмлекетлик транспорт университети, Фергана политехника институты, Ташкент архитектура-қурылыс университети ҳәм Ташкент мәлимлеме технологиялары университети жанында шөлкемлестирилип атырған жоқары инженерлик мектебиниӊ презентациясы өткерилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2024-жыл 2-февральдағы қарарында усы бағдарда бир қатар ўазыйпалар белгиленген. Атап айтқанда, қарарға муўапық, инженерлик-техника бағдарында кадрлар таярлайтуғын жоқары билимлендириў мәкемелериниӊ шөлкемлестириў-басқарыў жумысы жетилистирилмекте. Әмелдеги оқыў бағдарламаларын заманагөй технологиялар ҳәм жумыс бериўшилердиӊ талабына муўапықлығы үйренилип, түп-тийкарынан өзгертилмекте.
Мәмлекетимиз басшысына усылар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Биринши басқышта 10 жоқары билимлендириў мәкемеси жанында жоқары инженерлик мектеплери ашылады. Мектептиӊ бақлаў кеӊесине илимпазлар менен бирге ислесиўши кәрханалардыӊ ўәкиллери ағза болады.
Усы мектеплерде еки жыллық әмелий магистратура бағдарламалары жолға қойылып, ислеп шығарыўшылардыӊ буйыртпасы тийкарында талабанлар сайлап алынады. Биринши жылы студентлер кәрханалардыӊ буйыртпасы тийкарында жаӊа өнимлерди жойбарластырады, илимий излениўлер өткереди, бул бағдарда тереӊлескен модуль бағдарламалар тийкарында оқытылады. Екинши жылы жаӊа өнимлер бойынша тәжирийбе-конструкторлық үлгилерди жаратыў менен байланыслы технологиялық процесслерди кәрханаларда сынақтан өткереди.
Президент жоқары билимлендириў мәкемелериндеги илимий излениўлердиӊ турақлылығы ҳәм нәтийжелилигине әҳмийет берди. Билимлендириў системасына қаратылып атырған итибар илим жетискенликлеринде өзиниӊ көринисин табыўы керек екени атап өтилди.
Мәлекетимиз басшысы илимпазлардыӊ ойлап табыўлары, алдынғы қолланбалар менен де танысты. Атап айтқанда, энергия үнемлеўши үскенелер, жүклеме артыўы себепли трансформаторлардыӊ жарылыўынан қорғайтуғын суўытыў системасы, нефть-газ тараўында әҳмийетли болған химиялық реагентлер, қурылыс, жол қурылысындағы заманагөй көзқараслар, суў имаратлары ушын инженерлик жойбарлары, мәлимлеме технологияларына байланыслы заманагөй ойлап табыўлар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Буннан соӊ Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында инженерлик тараўларында кадрлар таярлаў ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниӊ жумысын және де жетилистириў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Дүньяда бәсеки күшейген бүгинги заманда мәмлекетимиз ишки ресурсларға сүйенип, индустриаллық раўажланыў жолынан бармақта. Жылына 3 мыӊ санаат кәрханасы иске қосылып, 150 мыӊ әтирапында жумыс орны жаратылып атыр.
Быйылғы жылы мәмлекетлик инвестиция бағдарламалары тийкарында 21 триллион сумлық жойбарлар әмелге асырылады. Сондай-ақ, быйыл 37,5 миллиард долларлық сырт ел ҳәм аймақлық инвестициялық жойбарлары нәзерде тутылған.
Усыған сәйкес түрде мәмлекет тәрепинен илим, билимлендириў ҳәм инновацияға итибар қаратылмақта. Мысалы, өткен жылы 1 мыӊ 727 әмелий, инновациялық, фундаменталлық ҳәм стартап жойбарларға 2,2 триллион сум қаратылған. Изертлеў, тәжирийбе-конструкторлық ушын қәрежетлер 2 есеге өскен.
Бирақ, бул бағдардағы нәтийжелер, жоқары маман инженерлер еле жетерли емес. Жоқары оқыў орынлары менен санаат арасында үзилис бар.
Соныӊ ушын мәжилиске техника бағдарындағы мәкемелердиӊ ректорлары да мирәт етилди.
Мәмлекетимиз басшысы бәринен бурын тараўдағы машқалаларға тоқтап өтти.
Мәмлекетимизде техника бағдарындағы 36 мәмлекетлик жоқары оқыў орнында жылына 67 мыӊ питкериўши шығады. Бирақ, олардағы бағдарлама ҳәм қәнигеликлер ислеп шығарыўшылардыӊ талабына сәйкес емес. Ақыбетинде инженерлердиӊ 60 проценти өзи оқыған бағдарда жумыс ислемей атыр.
Жоқары билимлендириў мәкемелери фундаментал изертлеўлер өткериў менен шекленген, экономика ушын әмелий қолланбалар оғада көп. Инженерлик бағдарында жүзлеген стартап ҳәм инновациялық жойбарлар “қағаз”да қалып кетпекте.
Сырт ел университетлеринде “өзине түсер баҳа инженерлиги” “салыстырыў инженерлиги” “қайта инженерлик” сыяқлы қәнигеликлер бар. Биздеги техника жоқары оқыў орынларында бул жолға қойылмаған. Ақыбетинде жергиликли санаат тармақлары үлкен қаржы жумсап, жумысшыларын сырт елде оқытыўға яки сырт елден қәниге алып келиўге мәжбүр.
Соӊғы жети жылда жоқары билимлендириўге қамтыў 5 есеге артқан болса-да, жаслардыӊ инженерлик-техникаға қызығыўшылығы оғада төмен. Университет ҳәм илимий лабораториялардыӊ айырым үскенелери ескирген. Көп профессор-оқтыўшылар әмелияттан үзилип қалған. Ректорлар кәрханаға барып, жаӊа технологиялар менен таныспайды, үскене ҳәм әсбапларды үйренбейди.
Соӊғы төрт жылда жоқары билимлендириў мәкемелериниӊ илимий-изертлеў ушын дүзген шәртнамалары 3 есеге көбейген. Олардан дәрамат 6 есеге артқан. Бирақ, илимий қолланбалардыӊ нәтийжелерин өндириске енгизиў оғада төмен. Ойлап табыўларды патентлеўде де ҳәмме бирдей емес.
Президентимиз тараўды раўажландырыў ушын жаӊа басламаларды мәлим етти.
Енди техника бағдарында оқытыў ҳәм илимий-изертлеў процесслери алдынғы тәжирийбе тийкарында толық өзгереди. 36 жоқары оқыў орны ҳәм олардыӊ филиаллары басқышпа-басқыш үлкейип, жәми 20 жоқары оқыў орны қалады. Олар дуал билимлендириў системасына толық өтеди.
Мийнет базарында талап жоқ қәнигеликлер қысқарады. Айырым кафедралар бирлестириледи. Деканатлардыӊ студентлерге хызмет көрсетиў функциялары толық санласады. Сырт елдеги сыяқлы “Регистратор офиси” шөлкемлестириледи.
Ҳәр бир жоқары оқыў орны Германия, Япония, Қытай, Россия, Италия, Түркия, Қубла Корея, Сингапур сыяқлы раўажланған мәмлекетлердиӊ абырайлы техника университетлери менен бирге ислесиўди жолға қояды.
“Тармақ – кәрхана – жоқары оқыў орны” шынжыры тийкарында, ҳәр бир жоқары оқыў орнына санаатта бирге ислесиўши белгилеп бериледи.
Барлық инженерлик жоқары оқыў орынлары бирге ислесиўши кәрханаларында кафедралар ашады ҳәм дуал билимлендириўди жолға қояды. Онда, кәрханалар кафедраларды үскенелеў, оқытыўшы ҳәм студентлерди хошаметлеўге қаржы ажыратады. Студентлердиӊ әмелияты ҳәм питкериў курсындағы билимлендириўи толық бирге ислесиўши кәрханаларда шөлкемлестириледи.
Министрлик ҳәм кәрханалар системасында 32 тармақ кеӊеслери шөлкемлестириледи. Олар институтлар менен техника тараўындағы илимий изертлеўлердиӊ әҳмийетли бағдарларын белгилейди ҳәм буйыртпашы болады.
Сондай-ақ, биринши басқышта 10 жоқары оқыў орны “Жоқары инженерлик мектеплери” ашылады. Оларда еки жыллық әмелий магистратура бағдарламалары жолға қойылып, өндириўшилердиӊ буйыртпасы тийкарында талабанлар сайлап алынады. Кәрханалар “Жоқары инженерлик мектеби”нде лаборатория ашыў ҳәм үскенелеўди қаржылай қоллап-қуўатлайды. Мәмлекет те бюджеттен қаржы ажыратады.
Енди жоқары билимлендириў мәкемелериниӊ тәжирийбе өндирислик кәрханаларыныӊ статусы нызам менен беккемленеди. Оларға IT-парк резидентлерине қолланылып атырған жеӊилликлер бериледи. Сектор кәрханасы жумысшысыныӊ кеминде 60 проценти докторант ҳәм студентлерден ибарат болады.
Келеси жылдан техника бағдарындағы жойбарларға мәмлекетлик грантлар 4 есеге көбейтиледи. Кәрханаға жоқары оқыў орны менен бирге ислесиўши шөлкем ҳәм шөлкемлестириўши болыўға рухсат бериледи.
Ўәлаят ҳәкимлери ҳәм тармақ басшылары илимий ҳәм өндирисликжойбарлары ушын жоқары оқыў орынларына 10 миллиард сумға шекем буйыртпаны тиккелей бериўи мүмкин болады.
Инвестиция жойбарлары баҳасыныӊ кеминде ярым процентин илимий жумысларға ажыратыў системасы енгизиледи.
Инженерлик бағдарлары бойынша “еӊ жақсы идея”, “еӊ жақсы жойбар” ҳәм “еӊ жақсы ойлап табыў” республикалық таӊлаўы өткериледи Онда оқытыўшылар, студентлер ҳәм әмелиятшы инженерлер қатнасыўы мүмкин болады. Биринши орынға электромобиль бериледи.
Сондай-ақ, идея, жойбар ҳәм ойлап табыў авторы болған еӊ зор 10 қатнасыўшы Германия, Япония, Қытай, Россия, Италия, Түркия, Қубла Корея, Сингапур сыяқлы мәмлекетлерге стажировкаға жибериледи.
Мәжилис ашық сөйлесиў тәризинде даўам етти. Тармақ басшылары, илимпазлар, ректорлар ҳәм инженерлер тараўда илим ҳәм билимлендириўди раўажландырыў бойынша пикирлерин айтты.
Олардыӊ усыныслары тийкарында өз алдына пәрман жойбарын ислеп шығыў тапсырылды.
– Экономикамызды жедел раўажландырыў ушын бизге жоқары маман инженер-технологлар суў менен ҳаўадай зәрүр. Ҳәр бир министр, тармақ басшылары, ректор ҳәм профессор-оқытыўшы жуўапкершиликти тереӊ сезип, қатты жумыс ислесе, изленсе, буған әлбетте ерисемиз, – деди Шавкат Мирзиёев.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,
ӨзА хабаршылары
–0–