Министрлер Кабинетиниӊ қарары менен ҳүкиметтиӊ айырым қарарларына жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.
Оған бола, индивидуал ҳәрекетлениў қуралларын (электросамокат, электр скейтбордлар, сегвейлер, уницикллер, монодөӊгелек ҳәм басқа усыған уқсас қураллар) басқарып атырған шахслар жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етиў, тротуарлардан, пиядалар жолларынан, пияда ҳәм велосипед жолларында саатына 10 километрден аспайтуғын тезликте, олар болмағанда болса жол шетинде саатына 20 километрден жоқары болмаған тезликте ҳәрекетлениўи керек болады.
Электросамокатларды велосипдедшилер ушын кесилиспе яки пияда ҳәм велосипед жолы болғанда жолдыӊ қатнаў бөлегинде, жол шетлеринде яки қатнаў бөлегиниӊ шетинде ҳәрекетлендириў қадаған етилди. Сондай-ақ, оларда адам тасыў, узынлығы яки кеӊлиги 0,5 метрден артық сыртқа шығатуғын яки басқарыўға кесент беретуғын жүклерди тасыў қадаған етилди.
Электросамокатларды 14 жастан киши болған шахслардыӊ басқарыўы қадаған етилди. Турақ жай массивлери, дем алыў ҳәм ҳайўанат бағлары, балалар майданшалары, кеўил ашар орынларда ҳәм жабық аймақларда басқарыў буған кирмейди.
Индивидуал ҳәрекетлениў қуралларын басқаратуғын шахслар турақ жай массивлеринен шығыў ўақтында басқа ҳәрекет қатнасыўшыларына жол бериўи, қатаӊ түрде ҳәрекет бағдары бойынша басқарыўы керек, деп мәлимлеме береди хс.уз
Қарақалпақстан хабар агентлиги