Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги баспасөз хызметиниӊ мәлим етиўинше, әйне күнлерде министрликтиӊ Мүрәжатлер орайы (71-230-64-64) ҳәм Исеним номери (1006) арқалы түрли себеплер менен тест сынақларына қатнаспаған абитуриентлер, олардыӊ жақынлары тәрепинен қосымша имтихан белгилеп бериў бойынша мүрәжатлер келип түспекте.
Атап өтиў керек, Ҳүкиметтиӊ 261-санлы қарарына муўапық, тест күни имтихан ўақтынан кешиккен, шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжет ҳәм рухсатнамасы болмаған абитуриент сынақ өткерилетуғын имаратқа киргизилиўи мүмкин емес.
Сондай-ақ, абитуриент рухсатнамасында көрсетилген сәне ҳәм ўақыт қатаӊ есапланып, оған басқа сәне ҳәм ўақытта тестке кириў ушын рухсат берилмейди.
Соныӊ ушын, абитуриентлер тест сынағына шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжет ҳәм абитуриент рухсатнамасы менен имтиханлар өткерилетуғын орынға рухсатнамада көрсетилген ўақыттан кешикпей келиўи керек.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Билим ҳәм маманлықты баҳалаў агентлигиниӊ рәсмий сайтында тест сынағы өткерилетуғын имаратлар бойынша мағлыўматлар жайластырылған.
Муҳайё Тошқораева, ӨзА