Еки тәреплеме сөйлесиўлер жуўмақланғаннан соң, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров ири кооперция жойбарларын иске қосыў мәресиминде қатнасты.
Атап айтқанда, Ферғана ҳәм Наманган ўәлаятларында улыўма қуўатлылығы 400 мегаватт болған еки қуяш электр станциясы қурылысына старт берилди. Бул станцияларда ислеп шығарылатуғын электр энергиясы Қырғызстанға жеткерип берилиўи нәзерде тутылған.
Чуй ўәлаятында заманагөй жеңил автомобиль ҳәм комерциялық техникаларды ислеп шығарыў заводы иске қосылды. Атап айтқанда, ол жерде “Кобальт” “Оникс” ҳәм “ Трекер” маркалы жеңил ҳәм жүк автомобиллери жыйналады.
Сондай-ақ, Қара-Балта қаласында тигиў-трикотаж өнимлери ҳәм гезлеме ислеп шығарыў жолға қойылды. Кәрханаға заманагөй технологиялық үскенелер жеткерип берилип, орнатылды.
Өзбекстан ҳәм Қырғызстан Президентлери бул жойбарлар мәмлекетлеримиз арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиўге хызмет ететуғынына исеним билдирди.
ӨзА