18-июль күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров өмирлик жолдасы менен бирге мәмлекетлик сапар менен елимизге келди.

Ташкент қаласы халықаралық аэропортында оларды мәмлекетимиз басшысы ҳәм зайыбы күтип алды.

Жоқары мәртебели мийманның ҳүрметине еки елдиң мәмлекетлик байрақлары көтерилип, ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Сапар бағдарламасына муўапық, жоқары дәрежеде сөйлесиўлер өткериледи, оларда Өзбекстан-Қырғызстан кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў мәселелери додаланады.

ӨзА