Усы жылдың 17-июль күни Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Көргизбе сарайында Өзбекстан художниклери дөретиўшилик бирлеспесиниң ағзасы Муратбай Жәримбетовтың «Қыял» атамасындағы жеке көргизбеси ашылды.

Көргизбеге художниктиң 20 ға шамалас тарийхый жанр ҳәм заманагөй усылларда ислеген картинасы қойылды.

М.Жәримбетовтың бул жеке көргизбеси арқалы көп жыллар даўамында  дөреткен живопислик көринистеги, белгили бир бағдардағы композициялары, сондай-ак, кейинги дәўирде исленген бир қатар жумыслары көпшиликтиң  дыққатына усынылмақта. Бул картиналар түрли көлемде, тематика ҳәм ислеў усылларында жаратылған болып, художниктиң дүньяға көзқарасы, инсанның руўхый дүньясының сырлы қатламлары ҳаққындағы ой-пикирлери, тәбият ҳәм тиришиликти бақлаўлары нәтийжеси ретинде түрли бояўлар ҳәм көлемлер аркалы көрсетилген.

Көргизбени өткериўден тийкарғы мақсет, тамашагөйлерди, тийкарынан, жасларды белгили художниктиң дөретпелери менен жақыннан таныстырыў арқалы олардың сүўретлеў өнерине болған қызығыўшылығын арттырыў, шеберлик пенен исленген реңлер гармониясы арқалы тамашагөйлерге эстетикалық заўық бағышлаўдан ибарат.

Художник Муратбай Жәримбетов 1957-жылы 17-июль күни Шымбай районында туўылды. 1993-жылы Маннон Уйғур атындағы Ташкент мәмлекетлик көркем өнер институтының театр актёры қәнигелигин тамамлаған. Художник 1974-1976-жыллары  Мәденият техникумының безеўши художниги, 1985-1986-жылларда Бозатаў районы Мәденият бөлиминде безеўши художник, 1990-2000-жылларда 3-санлы Мәденият үйиниң директоры, 2000-2014-жылларда Г.Шеразиева атындағы Шымбай халық театрында сахна безеўши художник, 2014-2016-жылларда «Тағжап» мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайының көркемлик жақтан басшысы, 2016-2017-жыллары Шымбай мәденият бөлиминдеги Г.Шеразиева халық театрының режиссёры сыпатында жумыс алып барды.

Художник Муратбай Жәримбетов Сүўретлеў өнериниң живопис бағдарында дөретиўшилик етип қоймастан, оның «макет» жаратыў бойынша жумыслары, соның ишинде, Самарқанд қаласындағы Шердор медресеси, Бухарадағы Саманийлер мақбарасы, Шоҳи Зинда ҳәм басқа да макетлери дыққатқа ылайықлы. Ол живопис бағдарында тийкарынан пейзаж, фобизм ҳәм тарийхый жанрда дөретиўшилик етип келмекте.

Художник 2012-жылы Қарақалақ мәмлекетлик Даңқ музейинде өзиниң «Ўатаным нағыслары», 2020-жылы февраль айында Өзбекстан Көркем-өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Көргизбе сарайында «Кеўил ғәзийнеси» атамаларындағы жеке көргизбелерин өткерди. Буннан тысқары Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен өткерилип атырған «Алтын гүз», «Гүмис қыс», «Жаз жилўалары» ҳәм басқада бир қатар көргибелерде өзиниң картиналары менен турақлы қатнасып келмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.