Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров 18-19-июль күнлери мәмлекетлик сапар менен елимизде болады.
Сапар бағдарламасына муўапық, жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер болып өтеди, оларда Өзбекстан менен Қырғызстан арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў мәселелери додаланады.
Өз-ара саўда көлемин арттырыў, бизнес ҳәм аймақлар дәрежесинде кооперация байланысларын күшейтиў, экономиканың тийкарғы тармақларында биргеликтеги жойбарларды алға қойыў, транспорт-транзит тараўындағы имканиятлардан пайдаланыў, мәдений-гуманитарлық алмасыўды жақсылаўға айрықша итибар қаратылады.
Мәмлекет басшылары халықаралық ҳәм регионаллық сиясаттың әҳмийетли тәреплери бойынша да пикир алысады, көп тәреплемели структуралар шеңбериндеги бирге ислесиў мәселелерин додалайды.
Бир қатар қосымша жойбарларды иске қосыў ҳәм еки тәреплеме ҳүжжетлер топламына қол қойыў нәзерде тутылған.
Ҳәзирги күнде Өзбекстанда бизнес форумы, ректорлар форумы, Қырғызстан мәденияты күнлери ҳәм басқа қосымша илажлар өткерилип атырғанын атап өтиўимиз керек.
ӨзА