Мәжилисте Қурылыс инспекциясыныӊ жумысын жанландырыў зәрүрлиги атап өтилди.
Өткен бир ярым жылда экспертизасы жоқ 2,2 мыӊ объекттиӊ қурылысына тийкарсыз рухсат берилген. Өткен жыл дизимнен өткерилмей қурылысы басланған 1,6 мыӊ объект анықланған.
Соныӊ ушын, бул инспекция Ҳүкимет қурамына өткерилип, ўәкилликлери кеӊейтилетуғыны белгиленди.
Рухсатсыз яки жойбардан шетке шығып исленип атырған қурылыслар бойынша жаза илажларын күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди.
Бундай жағдайларды анықлаў ушын Қурылыс инспекциясыныӊ техникалық қураллар, соныӊ менен бирге, дронлардан пайдаланыў имканиятлары кеӊейтиледи.
ӨзА