Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында экономикалық өсиў пәтлерин тәмийинлеў бойынша биринши ярым жыллықта әмелге асырылған жумыслар ҳәм келеси ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

Атап өтилгениндей, жыл басынан 67 районда түсим 1,5 есеге артты. Мәселен, Бахмал, Жалақудуқ, Фориш, Қурғонтепа ҳәм Гүлистан районларында өсиў 2 есе болған.

Бирақ Нөкис, Ақдәрья, Қизириқ, Мыңбулақ, Мырза Улығбек, Қибрай, Тайлақ районлары, Наманган ҳәм Зарафшан қалаларында өсиў пәтлери қалған аймақлардан бираз артта екени, Шоманайда болса улыўма өсиў болмағаны көрсетип өтилди.

Жуўапкерлерге салық түсимлеринде өсиў төмен болған бул аймақларға барып, ажыратылған кредит, субсидия, мәмлекеттен берилген ресурслар нәтийжесин таллаў тапсырылды.

Таллаў жуўмақларына бола бул аймақлар ҳәкиминиң биринши орынбасары ҳәм салық басшыларының жумысына баҳа бериледи.

Бул районларда ҳәм ҳәр бир ўәлаятта республикадан жәрдем алып атырған ең аўыр бир районда түсимди 2 есеге арттырыў бойынша үлги жаратыў ўазыйпасы қойылды.

ӨзА