Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында экономикалық өсиў пәтлерин тәмийинлеў бойынша биринши ярым жыллықта әмелге асырылған жумыслар ҳәм келеси ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

Сайхунабад, Уйчи, Зарбдор ҳәм Ғиждуван тәжирийбелери өзин ақлағанын есапқа алып, оларға жаңа пәт бағышлаў зәрүрлиги көрсетип өтилди.

Соның ишинде, еле 4 мың 122 мәҳәлледе қәнигелесиў дәрежеси төмен екени атап өтилди.

Усы жылдың ақырына шекем «Сайхунабад тәжирийбеси», яғный экономикалық комплекс шөлкемлериниң мәҳәллеге түсип, шаңарақ кесиминде ислесиў системасы тийкарында ҳәр бир мәҳәлледеги шаңарақлар ушын финанслық пакет етип берилиўи белгиленди. Бул арқалы 495 мың халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мүмкин болады.

Жуўапкерлерге екинши ярым жыллықта «Шаңарақлық исбилерменлик» бағдарламасына қамтып алыўды 1,5 есеге арттырып, 4 триллион сум ажыратыў тапсырылды.

Жылдың ақырына шекем кеминде 50 жаңа микро-қаржыландырыў шөлкемин ашып, оларды кредитлеўге 1 триллион сум ресурс бериў ўазыйпасы қойылды.

ӨзА