Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында экономикалық өсиў пәтлерин тәмийинлеў бойынша биринши ярым жыллықта әмелге асырылған жумыслар ҳәм келеси ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
– Жетискенликлеримиз ҳаққында сөз етиўимиз мүмкин. Дүнья жүзиндеги аўыр шараятқа қарамастан турақлы экономикалық өсиў жолында анық нәтийжелерге ерисип атырмыз. Буны Халықаралық валюта қоры, Жәҳән банки, бирге ислесиўши мәмлекетлердиң басшылары, рейтинг шөлкемлери, ири инвесторлар да тән алып атыр, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Буған мүнәсип үлес қосып атырған тармақ, ўәлаят ҳәм районларға, исбилерменлерге айрықша миннетдаршылық билдирилди.
Соның менен бирге, жумысында системалы кемшиликлерге жол қойған 28 қала-район ҳәкимине интизамый жаза шараларын көриў, Қараөзек, Тақыятас, Үшқудық, Ташкент, Фурқат, Гурлен, Мирзаабад, Янгиариқ, Мыңбулақ районлары, Ғозғон қаласы ҳәкимлерин жумыстан босатыў бойынша Бас министр А.Ариповтың усынысы қоллап-қуўатланды.
ӨзА