Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилип атырған видеоселектор мәжилисинде «Уйчи тәжирийбеси», яғный исбилерменлер ҳәм бизнес пенен шуғылланыўды қәлейтуғын халық пенен мәнзилли ислесиў системасы тийкарында район ҳәкимлери исбилерменлер менен, банклер болса қарыйдарлары менен турақлы ушырасып, оларға бизнесин кеңейтиўге жәрдемлесетуғыны белгиленди.

Онда район ҳәкими инфраструктура мәселеси, банк болса қаржылай жәрдем мәселеси менен шуғылланады.

Жуўапкерлерге исбилерменлер менен мәнзилли ислесиў есабынан жыл жуўмағына шекем 670 мың халықтың бәнтлигин тәмийинлеў зәрүрлиги атап өтилди.

 

ӨзА