Биринши ярым жыллықта жәми капитал қойылмалар 229 триллион сумды қурағаны атап өтилди. Оның 15,5 миллиард доллары сырт ел инвестициясы.

Жыл басынан 3,5 миллиард долларлық 3 мың жойбар иске қосылып, 76 мың жоқары дәраматлы турақлы жумыс орны жаратылды.

Исбилерменлер ушын  82 триллион сум кредит ҳәм 15,5 триллион сум субсидия берилип, 600 мың адам бизнеске тартылды. Берилген жеңиллик ҳәм  жеңилликлер есабынан исбилерменлердиң өзинде 56,3 триллион сум қаржы қалды.

Сайхунабад, Уйчи, Зарбдар ҳәм Ғыждуўан тәжирийбелери  басланғаны, экономикалық комплекс мәҳәллеге түсирилгени есабынан 4 мыңнан аслам мәҳәлле санаат ҳәм аўыл хожалығына қәнигелести, 1 миллион 600 мың адам рәсмий бәнт болды.

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилип атырған видеоселектор мәжилисинде мәлим етилди.

ӨзА