Ташкент қаласында өткерилген Өзбекстанның Париж Олимпиадасында қатнасыўы алдынан өткерилген баспасөз әнжуманында мәмлекетимизден 9 спорт түри бойынша 12 төреши қатнасатуғынлығы мәлим етилди.
Атап айтқанда, футбол бойынша 3, гимнастикадан 2, бокс, дзюдо, аўыр атлетика, таэквондо, қылышласыў, теннис ҳәм спорт гүреслеринен биреўден төрешилер жарысларда төрешилик етеди.
Сондай-ақ, Олимпиада ойынларын тамашалаў ушын Өзбекстанға 80 билет берилген. «-Айбек Амилович бул санды 200 ге көбейтип берди,-дейди Өзбекстан Республикасы Спорт министри Адҳам Икрамов.-Жарыслардан бос қалған спортшылар ҳәм жанкүйерлер менен бирге болады. Буннан тысқары Инвестиция министрлиги ҳәм Франция елшиханасы арқалы жанкүйерлер санын көбейтиў жумыслары алып барылмақта. Жарысқа өзине тоқ, бай тамашагөйлер де өзлери барып тамашалаўы мүмкин.
Соның менен бирге, әнжуманда Өзбекстан футбол Ассосациациясы биринши вице-президенти Равшан Эрматов жанкүйерлер дизими қәлиплестирилип атырғанлығы, олар 400 ге шамалас екени ҳәм жанкүйерлер арасында футбол академиялары оқыўшылары бар екенлигин айтып өткен.
Миллий Олимпиада Комитети хаткери Айбек Касимов Парижге алып барылатуғын жанкүйерлердиң барлық қәрежетлери ҳүкимет тәрепинен қаплап берилетуғынлығын атап өтти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.