Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде Демократиялық институтлар, мәмлекетлик емес шөлкемлер ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары комитети басламасы менен Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги директоры Алишер Саъдуллаевтың «Жасларды ҳуқықый ҳәм социаллық қорғаўға, сондай-ақ олардың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған илажларды әмелге асырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында»ғы мәлимлемеси еситилди. Бул ҳаққында Нызамшылық палатасының баспасөз хызмети хабар берди.

Атап өтилиўинше, «Жаслар дәптери» арқалы жаслардың социаллық-экономикалық машқалаларын тиккелей мәҳәллелерде шешиў имканияты жаратылды ҳәм мүрәжатлерди көрип шығыў мүддети болса 30 күннен 5 күнге шекем қысқарды. Сондай-ақ, көрсетилетуғын жәрдем түрлериниң саны 30 ға жеткерилгени де айрықша атап өтилди.

Саъдуллаевқа бола, сырт мәмлекетлерге ўақтыншалы мийнет етиў ушын жөнеп кеткен жаслар менен мәнзилли ислеў мәселеси жаслар жетекшилериниң әҳмийетли ўазыйпаларынан бири етип белгиленбекте. Жаслар жетекшилери тәрепинен үйме-үй хатлаў ислери арқалы 268 мың сырт елдеги жаслар балансы қәлиплестирилип, олар менен турақлы қарым-қатнас орнатылған.

Мағлыўмат ушын айтыў мүмкин, 2021-жылдан баслап жаслардың машқалаларын системалы түрде шешиў ҳәм оларды социаллық  қоллап-қуўатлаў мақсетинде улыўма жаңа система – «Жаслар дәптери» системасы енгизилген еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги