Дерлик бир ҳәпте даўамында республикамыздың қала ҳәм районларында, шетки аўылларында мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы мүнәсибети менен “Биз бир болсақ – бир халықпыз, бирлессек – Ўатанбыз!” сүрени астында болып өткен “Мәнаўият фестивалы” көтериңки руўхта жуўмақланды.

Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Мәденият министрлиги, Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы, Жаслар ислери агентлиги ҳәм Жазыўшылар аўқамы тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген илажда Ташкент қаласынан келген “Мәнаўият” үгит-нәсиятшылары,  кино ҳәм театр актёрлары, социаллық тармақларда белгили болған вайнерлер, белгили көркем өнер шеберлери менен мәденият хызметкерлери, нуранийлердиң қатнасында халық ҳәм жаслардың арасында китапқумарлықты кеңнен үгит-нәсиятлаў, мийрим-шәпәәт, Ӯатанды сүйиўшилик, алып барылып атырған реформаларға қатнас сезимлерин арттырыўға қаратылған “Ең мәнаўиятлы мәҳәлле”,  “Маърифат тур”, “Зыялылар форумы”, “Үш әўлад ушырасыўы”, “Шаңарақ мәнаўият қорғаны”,  “Инсан қәдири”, “Ата-бабаларға ҳүрмет”, “Миллий бирлик” сыяқлы социаллық жойбарлар шеңбериндеги илажлар, ҳәр бир районда гала концертлер болып өтти.

Фестивальдың соңғы күни қатнасыўшылар Елликқала, Тахтакөпир ҳәм Қанлыкөл районларында болды.

Елликқала районындағы илажлар 18-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде  “Маърифат тур” жойбары менен басланды. Бул жерде “Ҳаял-қызлар дәптери”, “Жаслар дәптери”не ҳәм “Темир дәптер”ге киргизилген шаңарақлардың ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.

Илажда “Маърифат” үгит-нәсиятшылары жәмийетиниң ағзасы, филология иламлериниң кандидаты, профессор Раҳимбой Жуманиязов, Өзбекстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери Рустам Мусулман ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиздиң басламасы менен бүгинги күни мәмлекетимизде Жаңа Өзбекстанды қурыўдай уллы мақсет жолында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларға, раўажланыўдың әҳмийетли тийкары болған руўхыйлық ҳәм ағартыўшылыққа қаратылып атырған итибарға тоқтап өтти. Халық, соның ишинде ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың социаллық қорғаўға мүтәж, турмыс шараяты аўыр, жумыссыз ҳәм кәсип өнерге ийе болмаған, “Ҳаял-қызлар дәптери”, “Жаслар дәптери”не ҳәм “Темир дәптер”ге киргизилген шаңарақлардың ўәкиллерин ҳуқықый, руўхый ҳәм психологиялық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде зыялылар менен ушырасыўлар, елимиздеги дыққатқа ылайық орынларға саяхаты  шөлкемлестирилмекте. Илажда белсене қатнасқан шаңарақлардың ўәкиллерине алғыснама ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Фестиваль райондағы Сарабий аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 23-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде  “Келешек лидерлериниң ушырасыўы” атамасындағы руўхыйлық илажы менен даўам етти. Онда “Маърифат” үгит-нәсиятшылар жәмийетиниң ағзасы, сиясий илимлер докторы, профессор Нарзулла Жораев, республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Татлымурат Атамуратовлар барлық тараўларда раўажланыўды тәмийинлеў, жәмийетте руўхый орталықты жақсылаў, жас әўладты билим алыўға шақырыў, ҳәр бир пуқараның елимиздиң тәғдирине қатнас сезимлерин күшейтиў, қала берсе кеўиллерде шүкиршилик сезимлерин пайда етиў сыяқлы мәселелерге тоқталды.

Буннан кейин Елликқала аўыл пуқаралар жыйынында үгит-нәсиятшылар топары ағзаларының бир топар нуранийлер менен ушырасыўы өткерилди. Онда районның тарийхы, оның раўажланыўында пидәкерлик пенен мийнет еткен инсанлардың мийнети еске алынып, аймақты социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бағдарында бүгинги күни алып барылып атырған жумыслар атап өтилди. Райондағы мәнаўиятлы пуқаралар жыйынларының үлгили жумыслары, ис тәжирийбелерин ен жайдырыў, пуқаралар жыйынларын үлгили руўхыйлық орайына айландырыўға қаратылған “Ең мәнаўиятлы мәҳәлле” илажы да өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасында, соның ишинде Елликқала районындағы фестиваль шеңбериндеги илажлар көтериңкилик жағдайында өтти, дейди “Маърифат” үгит-нәсиятшылар жәмийетиниң ағзасы, сиясий илимлер докторы, профессор Нарзулла Жораев.Қайсы аймаққа бармайық, үлкен қурылыс ҳәм дөретиўшилик жумысларының гүўасы болдық. Ең тийкарғысы, халықтың кейпияты жоқары, бүгинги күнинен разы екенлиги көзге тасланады. Илажды өткериўден тийкарғы мақсет те, халықтың кейпиятын көтериў, олардың ертеңги күнге исенимин арттырыў болып табылады.

Фестиваль район орайында гала концерт пенен жуўмақланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.