Салық комитети салық төлеўшилер ушын жасалма интеллект базасында жаратылған виртуал жәрдемшини иске қосты. Бул ҳаққында комитеттиң баспасөз хызмети мәлим етти.

Атап өтилиўинше, Салық комитети салық төлеўшилерге 24/7 режиминде мағлыўмат бериўге мөлшерленген, ДаврОн деп аталған виртуал жәрдемшини иске қосты. Ол ai.soliq.uz мәнзилинде жайласқан.

ДаврОн – салық ҳәм салыққа тартыў мәселелеринде мағлыўматлар ҳәм жеке мәсләҳәтлер бере алады. Виртуал жәрдемши өзбек, рус ҳәм инглиз тиллеринде сөйлесе алады.

Мәлим етилиўинше, 3 ай даўамында жаратылған жәрдемшини жетилистириў процеси үзликсиз даўам еттириледи. Усы мақсетте Салық кодекси, Президент ҳәм Министрлер Кабинетиниң қарарлары, нормативлик ҳүжжетлер ҳәм  инструкциялар, сондай-ақ, салық уйымларының call-орайына келип түсип атырған онлайн – NKT, EHF, электрон санлы қолтаңба, электрон есабатлар, маркировка ҳәм басқа хызметлерге байланыслы сораўларға жуўапларды өз ишине алған 11 млн белгиден ибарат билимлер базасы жаратылған.

Мағлыўмат ушын, бул виртуал жәрдемши Салық комитетиниң жасалма интеллект технологияларынан пайдаланатуғын үшинши хызмети есапланады, деп мәлимлеме береди хс.уз

Қарақалпақстан хабар агентлиги