«Биз бир болсақ – бир халықпыз, бирлессек – Ўатанбыз!» сүрени астында өткерилип атырған «Мәнаўият» фестивалы шеңбериндеги руўхый-ағартыўшылық илажы республикамыздың барлық аймақларында болғаны сыяқлы Тахтакөпир районында да көтериңки кейпиятта болып өтти.

Оған елимизге белгили шайыр-жазыўшылар, алымлар, көркем өнер ғайраткерлери ҳәм «Мәнаўият» үгит-нәсиятшылар жәмийети ағзаларынан ибарат дөретиўшилер топары ағзалары, район басшылары, аймақ белсендилери ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Илаж ең дәслеп районлық Мәденият орайында «Инсан қәдири» жойбары тийкарында үгит-нәсият илажы менен басланып, онда Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы, «Дослық» ордениниң ийеси шайыр Чоршам Рўзиев, философия илимлериниң докторы Шаҳло Аҳророва, Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы солисти Бахтияр Султанов, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, «Дослық» ордениниң ийеси шайыр Гүлистан Дәўлетова, «Маънавият фидойиси» көкирек белгиси ийеси, шайыр Раўаж Отарбаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде «Инсан қәдири» принципи тийкарында әмелге асырылып атырған ийгиликли ислер ҳәм олардың унамлы нәтийжелери ҳаққында кең түрде айтып өтип, халқымызға усындай кең имканиятларды жаратып берип атырған мәмлекетимиз Президенти ҳәм республикамыз басшыларына өзлериниң терең минетдаршылықларын билдирди. Илаж қатнасыўшыларына өзлериниң жаңа дөретпелеринен оқып берди.

Буннан соң дөретиўшилик топар ағзалары «Шаңарақ мәнәўият қорғаны» жойбары тийкарында райондағы 17-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде болып, мектеп оқыўшылары тәрепинен таярланған көргизбе менен танысты.

Сондай-ақ, илажда үгит-нәсиятшылар топары ағзалары шығып сөйлеп, шаңарақ муқаддес дәргай екенлиги ҳәм оның татыўлығы менен  аўызбиршилигин тәмийинлеў бүгинги күни ҳәр биримиздиң әдиўли ўазыйпамыз екенлигин атап өтти.

Соңынан районлық Мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен «Жәбирленген келин» атамасындағы сахналық көринис жыйналғанлардың нәзерине усынылды. Илаж оқыўшы жаслардың атқарыўындағы миллий аяқ ойынлар, монолог, саз-сәўбетли нама ҳәм қосықлар менен көтериңки руўхта даўам етти.

Олар тәрепинен атқарылған йошлы намалар район халқына жоқары кейпият бағышлады. Илажға белсене қатнасқанларға миннетдаршылық билдирилип,  «Инсан қәдири» жойбары тийкарында балаларға естелик саўғалары тапсырылды.

 

Мәнаўият фестивалы районлық Мәденият орайы имараты алдында «Гала концерт» бағдарламасы менен даўам етти.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.