Бәршеңиздиң хабарыңыз бар усы жылдың 14-июль күни елимиз бойлап жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў ушын ҳүжжетлерин тапсырған абитуриентлерге мәмлекетлик тест сынақлары басланған еди.

Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң спорт сарайында мәмлекетлик тест сынақларының үшинши күни жоқары шөлкемлескенлик пенен болып өтпекте.

Тест сынақлары толық видеобақлаў астында онлайн трансляция етилген ҳалда өткерилмекте. Абитуриентлердиң ата-аналары ушын ҚМУ Мәденият сарайында тест сынақларын тиккелей бақлап барыўы ушын барлық шараятлар жаратылған.

Бүгинги күнге шекем жәми 8850 абитуриенттен 8318 и қатнасып, 532 абитуриент мәмлекетлик тест сынақларында қатнаспаған.

Еслетип өтемиз, тест сынақлары 25-июль күнине шекем ҳәр күни еки сменада, 1-смена 08:00 ден 11:00 ге шекемги, 2-смена 15:00 ден 18:00 ге шекемги аралықта өткериледи.

Тест тапсырған абитуриентлер өз нәтийжелерин үш түрли усылда билип алыўы мүмкин:

  1. my.uzbmb.uz сайтының «Нәтийжени алыў» бөлиминен паспорт сериясы, номери ҳәм жеке идентификация санын киргизген ҳалда.
  2. mandat.uzbmb.uz сайты арқалы абитуриент рухсатнамасында көрсетилген ИД номерин киргизген ҳалда.
  3. Билимди баҳалаў агентлигиниң телеграм ботлары арқалы абитуриент тест сынақларында топлаған баллын билип алыўы мүмкин.

 

Азизбек Дабылов,

Сүўретке түсирген: Икрам Муратбаев

Қарақалпақстан хабар агентлиги