Электр энергиясын есаплаўдың жаңа усылына өтиледи

752

Усы жылдың 1-август күнинен баслап елимизде электрге ҳақы төлеў усылы аңсатластырылады ҳәм жаңадан биллинг системасы қолланыла баслайды. Жаңа система абонентлерге кадастр мағлыўматларын алыў ҳәм жеке мағлыўматларды да жәмлейди.

Сондай-ақ, система шеңберинде мобил жүклемеси де иске қосылыўы режелестирилген. Бул ҳаққында “Аймақлық электр тармақлары” АЖ мәлим етти.

 

ӨзА